Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-8
Source | Target |
---|---|
«Аў-тумар» ойнасын бәлент-пәстинде, Латманат яр болсын сениң дәстиңде, Атам қалған ноғайлардың ишинде, Атлан, саўаш болсын душпан үстинде. | Click to Add translation... |
Бизлер гездик бағлар менен саҳраны, Ноғайлар жүрекке салды жараны, Келиң, қызлар, атланайық душпанға, Душпан келсе тигер бахытқа қараны. | Click to Add translation... |
Саўаш күни арғымаққа салың ер, Қылыш тартып, маңлайдан төгиң тер, Қорқақ қыздай көп муңайып турмаңыз, Атланыңыз, өш алайық, перилер. | Click to Add translation... |
Ел шетине залым душпан келгенде. | Click to Add translation... |
Таў ыдырар арғымақты желгенде, Урысты ашпай жаўға елди бергеннен, Не қылады гелле кесип өлгенде?! | Click to Add translation... |
Душпанға бағынсақ гелле кесилер, Болмаса жипектей шашлар есилер, Я ноғайға тоқалыққа бармасақ, Найза менен ақ төслериң тесилер. | Click to Add translation... |
Хазан урмай қызыл гүлдей солғаннан, Жан барында жаўға-жесир болғаннан, Жаў менен алысып өлген жақсырақ, Соның ушын атланайық булманнан. | Click to Add translation... |
Ханның қызы Ақтамақ, Сөзин тамам етеди; | Click to Add translation... |
Тебилде турған секирип, Тулпарына жетеди; | Click to Add translation... |
Жипектен терлик салады, Алтыннан ер қондырып, Гәўҳардан айыл шалады; | Click to Add translation... |
Бурен баслы көк саўыт, Бөктергиге байлады, Ушып-қонып перийзат, Болар исти ойлады, Қылыш алып қолына, Өзлерин жаўға сайлады, Арғымақ минип перилер, Түсти саўаш жолына. | Click to Add translation... |
Ақтамақтай арыўдың, Жүз қызы жүрди—алдында. | Click to Add translation... |
Жүз қызы жүрди—артында, Сексен қыз жүрди—оңында, Сексен қыз жүрди—солында. | Click to Add translation... |
Арғымақ атты ойнатып, Полаттан суўлық шайнатып, Көргенниң ишин қайнатып, Жүзлерин гүл-гүл жайнатып, Аўыт-аўыт ат шаўып, Перилер йошып барады, Ат кекилин тарады Алдындағы Ақтамақ, «Ўақып болың, қызлар»,—деп, Жан-жағына қарады. | Click to Add translation... |
Қыз да болса Ақтамақ, Аўыр күнге жарады. | Click to Add translation... |
Ат шаўып таўдың басына. | Click to Add translation... |
Қара қайғы түскенде, Атасының басына, Күн-түн тынбай жол жүрип, Үш жүз алпыс қыз бенен, Түн ярымы аўғанда, Сәҳәрге мейил болғанда, Жетип келди Ақтамақ. | Click to Add translation... |
Арғымағын байлады, Ақ шатырдың алдында, Ҳәр ислерди ойлады... | Click to Add translation... |
Әдеп пенен Ақтамақ, Ишкериге киреди, Муңайып мүлгип отырған, Хан атасын көреди. | Click to Add translation... |
Иззет пенен Ақтамақ, Ийилип сәлем береди. | Click to Add translation... |
Тақтаполат атасы, Қапалы болып сол ўақта, Ноғайлыдан жеңилип, Төмен салып мойынын, Көзинен аққан жаслары, Толтырып етек, қойынын, Оң қолы менен ийегин, Отыр еди таянып. | Click to Add translation... |
Кирип келди есиктен, Сәлем берип ийилип. | Click to Add translation... |
— Қызының сестин еситип. | Click to Add translation... |
Жарылғандай жүреги, Секирип турды орнынан, Келгендей-ақ тиреги. | Click to Add translation... |
Көзлерде жасын моншақлап, Ақтамақ пенен атасы, Ақ шатырда жылады, —Мәдәры болған белимниң, Тирисең бе, қарағым, Айбаты болған елимниң? | Click to Add translation... |
— Деди де хан зарлады, Зарлады да толғады: —«Тоқтаполат патша» дейдилар атым, Қыз да болсаң алдымдағы айбатым, Басларыма қара күнлер туўғанда, Сен келдиң—тасады мениң ғайратым. | Click to Add translation... |
Журт сорадым бир неше жыл болып хан, Айбатымнан титиреди бәрша жан, Сәҳәр ўақта излеп келдиң «Атам», деп, Үш жүз алпыс қызлар менен Ақтамжан. | Click to Add translation... |
Хорезмди алмақ еди мурадым! | Click to Add translation... |
Бирақ жетпей турғанында қуўатым, Келипсеңиз үш жүз алпыс қыз бенен, Қыз болсаң да арысландай зүриятым. | Click to Add translation... |
Перзентимсең, саған қылдым мулақат, Саўлатымда сен еттиң-ғой салтанат, Турғанымда ләшкер жетпей тарығып, Ертип келдиң үш жүз алпыс қол-қанат. | Click to Add translation... |
Он бесиңде ойнап кемалға келдиң, Намысын қорғайық туўылған елдиң, Қызым, ноғайларға бирден ат қойып, Шатырына от қояйық Ҳәсенниң. | Click to Add translation... |
Үш күн болды бул басымда қайғы-зар, Қыз болсаң да ерге едиң барабар. | Click to Add translation... |
Егер бүгин келмегенде зүриятым, Бул кең жаҳан маған болып еди тар. | Click to Add translation... |
Ул перзентим жоқлығынан кеўлим кем, Өлсем дүнья-малым болар журтқа жем, Қызым, келдиң үш жүз алпыс қыз бенен, Ноғайларды жеңиўимиз муҳаям. | Click to Add translation... |
Қыз болсаң да мәрттей белди буўғаның, Қызым, атаңнан да артық туўғаның, Егер ертең ноғайларға ат қойсаң. | Click to Add translation... |
Зийўар—ер Жанайдай болып туўғаның. | Click to Add translation... |
Зийўар менен Жанай алды асымды, Ноғайлардан қутқар мениң басымды, Егер буннан енди қашсақ кейинге, Ўайран етер мениң Қиял-қаламды. | Click to Add translation... |
Ноғайларға ар-намысты бермейик, Душпанлардан азап-ақырет көрмейик, Егерде кимде-ким қашса кейнине, Өлтирейик, қарсы қылыш сермейик. | Click to Add translation... |
Бенде етсең Ҳәсен, Зийўар, Жанайды, (Олар өзин ер Әлийге санайды!!! | Click to Add translation... |
) Олжа етсең ханы менен батырын, Қалғанларын бенде етиў оңайды. | Click to Add translation... |
Жарқылдайды жүзлериңиз алтындай, Ноғайларға қылыш урың айбынбай, Келиңлер, үш жүз алпыс қызлар да, Ноғайларға жүриңиз ҳеш тартынбай! | Click to Add translation... |
«Тақтаполат қайсар» дейди атымды, Жаўды жеқип көтериңлер, даңқымды... | Click to Add translation... |
Саркардасы үш жүз алпыс қызлардың, Тыңла мениң усы нәсийҳатымды. | Click to Add translation... |
Сол ўақытта таң да атты, «Саўаштың ўақты болды», деп, Ноғайлар дабыл қақты. | Click to Add translation... |
Тилла дабыллар кейнинен. | Click to Add translation... |
Зийўар, Жанай атқа минди. | Click to Add translation... |
Сырнай-гернайдың даўысы, Таўды, тасты жаңлатты. | Click to Add translation... |
Дабылдың даўысын еситип, Ақтамақтай арыўдың, Жуўлап бети қызарды. | Click to Add translation... |
Танадай көзи жаўтаңлап, Ырғып турып орнынан, Байлаўлы турған тулпардың. | Click to Add translation... |
Шылбырын шешип алады, Секирип минип тулпарға, Қарағай найза қолға алып, Атасынан руқсат сорады: — Қолымда ойнады полаттан қалқан, Жаў жақын келгенде қашсаңыз жаман, Тилла дабыл қаққан Зийўар —Жанайға, Жуўап бер барайын, жаным атажан? | Click to Add translation... |
«Саўаш күни секирмесе әреби ат, Жаў келгенде қашты», деген жаман ат, Көп еглесең душпан келер үстиңе, Атажаным, тезирек бериң руқсат. | Click to Add translation... |
Жарасыққа жүзде қойдым қалымды, Бүгин мен сынайман ығбалымды, Егер әсир болсам ноғайлыларға, Залым ноғай қыйнар мениң жанымды. | Click to Add translation... |
Атажан, тыңладым сениң зарыңды, Душпанға атландыр мәрт қызларыңды, Шамам келсе Зийўар менен Жанайды, Бенде етип, алайын бир арыңды. | Click to Add translation... |
Мен турыппан, ғайратыма сыймайын, Саўаш күни ғәрип жанды қыйнайын, Атажаным, жуўап берсең бизлерге, Зийўарыңды бенде етип байлайын. | Click to Add translation... |