Back to tasks list
Qaraqalpaq folklori-45
Source | Target |
---|---|
Мойынынан қушақлап, Тарса қатып сүйисип, Шырмаўықтай шырмалып, Отырыса қалады, Кеўлинен дәртти кетирип, Маўқын басып сүйисип, Ашықлық машқын жетирип... | Click to Add translation... |
Отырғанлардың үстине, Самандун деген ол залым, Аспаннан түскен бәледей, Жети қат көктен секирип, Қәпелимде келип қалды, Айнажамал перийзаттың, Жағасына қол салды. | Click to Add translation... |
«Қолындағы жүзикти, Бергил, алып кетейин», деп: — Арзым есит, Айнажамал, эй жанан, Көп жыллар болдың сен бизлерге султан. | Click to Add translation... |
Мурғызарды әрман менен өлтиртип, Сен бүгин айрылдың патшалығыңнан' Ашықлық дәртине табалмай даўа, Мениң менен қус сап шықтың саҳраға... | Click to Add translation... |
Алдым басыңдағы алтын тажыңды, Енди бергил мөр салдырған жүзикти! | Click to Add translation... |
Қол жуўдың басыңа келген бахытыңнан, Атлап өттиң сирә сөнбес сақтыңнан. | Click to Add translation... |
Ата жолы орның босқа қалдырып, Сен айрылдың алтын тажы-тахтыңнан! | Click to Add translation... |
Дусласыпсыз бириң бүлбил, бирин, гүл, — Саған несип болды Хорезмдей ел, Хызметиңде мудам болған дәўпери, Бүгинги күн таслап кетти сени тул. | Click to Add translation... |
Жүрегиңниң майын таўыпсаң жас жан, Өлгенше сүргейсиз әрмансыз дәўран, Зәлел бермей бизлер буннан кетейик? | Click to Add translation... |
Бериң қолды, дийдарласың хош аман. | Click to Add translation... |
Айнажамал бул сөзди еситип, «Дәўперилер, ярыма зәлел бермей кетсин», деп қолындағы жүзигин алып, Самандунге берди. | Click to Add translation... |
Дәўперилер сарайды үш айланып, Айнажамалдың азасын тутып, көкти жанғыртып, үш мәртебе шақырып, көзден ғайып болды. | Click to Add translation... |
«Бир яр» деп патшалықтан айрылып, дүнья жүзине сыймай, Айнажамал ер Зийўарды қыймай, оңашада ғана сөйлесер еди. | Click to Add translation... |
Бир-бириниң мойнына қолларын салысып, үсти-үстине поса алысты. | Click to Add translation... |
«Аҳ» урғанда аўзынан отлар шығып, Хорезм елинде, Хәсеншаның шәҳәринде көрген ўақыясын бир-бир тәрип қылып Айнажамал ер Зийўарға не деп турыпты: — Яр излеп елинен шығынған султан, Хаслың адамзатдур ғайратың тасқан, Дослық сырын бир-бир баян әйлейин. | Click to Add translation... |
Бул жолларда жақсылық аз, көп жаман. | Click to Add translation... |
«Тахттан айрылдым», деп қылмайман әрман, Тарықсам дәртиме сен болғыл дәрман, Азап шектиң мениң ушын дүньяда, Сени қосқан қудайыма ырзаман. | Click to Add translation... |
Сен билмессең—мениң жүрегим сызлар, Жанынан жибермес әмеңгер қызлар... | Click to Add translation... |
Ғарры атаң бенде болды қалмаққа, Болмас бул дәўран сизге миясар. | Click to Add translation... |
Елиңди уйқыда шапқанды душпан... | Click to Add translation... |
Тулпарың жүйрикдур қанатлы қустан, Ырза болсын қублагаҳиң атаң да, «Халқым», десең тезирек атлан мәрт палўан. | Click to Add translation... |
Ойыңды аўдар айтқан ҳәр бир сөзиме, Тилсим менен көрсетейин өзиңе, Мәслик қурып жата берсең, ер Зийўар, Жаслар толар сениң гәўҳар көзиңе. | Click to Add translation... |
Ноғайлыдан сел-сел ақты қызыл қан, «Ер Зийўар» деп налыс етер сансыз жан, Минсең батыр тулпарыңның белине, Рахмет аларсаң туўған халқыңнан. | Click to Add translation... |
Айнажамал бул сөзди айтып болған соң ер Зийўар ақылына келип, кимниң дос, кимниң душпан екенин билип, қызға қарап, айтып турған қусайды бир-еки аўыз жуўап: Кеўилимди хошладың көрсетип ҳүрмет, Мен ушын Заўрия шекти көп мийнет, Сол баслап апарған шәмен бағыңа, Таслап кетсек оны болмаспекен ақырет? | Click to Add translation... |
Сөзимди тыңлағыл турып бетпе-бет, Сениң жолыңда етти маған мириўбет, Заўрияны бирге алып кетпесек, Дүньяда адамлар айтпай ма нәлет? | Click to Add translation... |
Зийўар менен Айнажамал бул ойласықтан кейин жүзлери солып Заўрияның алдына барды. | Click to Add translation... |
Гүләән азық-түлик, жаў жарағын тайынлап, Заўрия қолына тулға-рәҳимилин алып, жер жүзине көз салып, ер Зийўарға қарап не деп турыпты: — Бағдың гүли әлўан-әлўан лала ма? | Click to Add translation... |
Дослық қылған мәрт айралық сала ма? | Click to Add translation... |
Күлип-ойнап кетиң мениң жанымнан. | Click to Add translation... |
Қосылған яр бундай қапа бола ма? | Click to Add translation... |
Ўақты жетсе сарғайып атар таң, Жамалыңды көрип шықты тәннен жан, Қайта-қайта «аҳ» урасаң, ер Зийўар, Кимлер салды кеўилиңизге қайғы, әрман? | Click to Add translation... |
Душпан болса мәртке салар бәлемат, Екеўиңди қосып болды кеўилим шад, Сен муңайып неге қапа боласаң? | Click to Add translation... |
Ойыңдағы әрманыңды тезирек айт. | Click to Add translation... |
Сонда турып ер Зийўар, Жылай берди зар-зар: —Қәўендерим Заўрия, Ашықлықтың зардабы, Көкейимди тиледи. | Click to Add translation... |
Жақсының айтқан сөзлери, Ақыры бир күн келеди. | Click to Add translation... |
Оқыған адам шамалап, Алдындағыны биледи. | Click to Add translation... |
Оқымай надан қалғанның, Қылған исин қәйтейин?! | Click to Add translation... |
Рәҳимилин алса қолына, Дүньядағы көринисти, Сендей гөззал биледи. | Click to Add translation... |
Арыўлығына жарасқан, Ақ жүзинде барды қал. | Click to Add translation... |
Келген шығар ойына, «Өзине мени ер Зийўар, Көрмейди,—деп, —миясар». | Click to Add translation... |
Алдыңа басты қойғаным, Жалғыз жаным саў болса, Ортаға салып дослықты, Бирге өлмек әрманым. | Click to Add translation... |
Сол ўақтында Заўрия, Рәҳимилин қолға алып, Жер жүзине қарады, Қиялын берип көз салып... | Click to Add translation... |
Ер Зийўардың елин көрди, Жылап жүрген естен танып. | Click to Add translation... |
Мәртти жоқлап турған екен, Аға, ини, туўған халық. | Click to Add translation... |
Буны анық билип Заўрия, Зийўарға қарап иркилмей, Көргенин етти жәрия: —Қулақ салып, арзым есит Зийўаржан, Атланбасаң сен қыларсаң пушайман, Қоршап апты Ақжүримди душпанлар, «Зийўар» деп жанғырар жер менен аспан. | Click to Add translation... |
Иркилсең еллериң қурыр нәўбәҳәр, Ноғайлыға душпан төккен уў-зәҳәр, Атланагөр туўып-өскен жериңе, Тез бармасаң қарап қылар қалмақлар. | Click to Add translation... |
Дәркәр емее бул күнлерде сәўер яр, Сәл егленсең олжа болар ноғайлар, Сен бармасаң халқың түсер қуллыққа, Қартайғанда ата-анаңды көрип қал. | Click to Add translation... |
Ғазы-үйрек атыўды енди қоялы, Шер тарқатып қан төккенди қыралы, Дәўперилер бул бағыма келалмас, Ашыўлансам бағым мың жыл турады. | Click to Add translation... |
Сол гәпти айтып Заўрия Айнажамал арыўға, Таярлады бир атты, Кескир қылыш полатты. | Click to Add translation... |
Жети нардың үстине, Азық-түлик сайлады; | Click to Add translation... |
Жети нардың үстине, Қарыў-жарақ тайлады; | Click to Add translation... |
Жети нардың үстине, Алтын, гүмис жыйнады. | Click to Add translation... |